Усы жылдың 28-октябрь күни университетимиз руўхыйлық залында Қарақалпақстан физиклериниң ҳүрметли ақсақалы Амет аға Нурымбетовты еслеў кешеси болып ɵтти. Кешеге устамыздың шәкиртлери, ағайин-туўысқанлары, ул-қызлары ҳәм студент жаслар қатнасты.
Кешени физика факультетиниң деканы, доцент Абат Муратов басқарып барды. Профессор Бахтияр Абдикамалов, доцент Имаматдин Турманов, доцент Базарбай Танирбергенов, профессор Ажимурат Жумамуратов, доцент Орынбай Нуржанов, илимпаздыӊ ағайин-туўысқанлары ҳәм қызы Гулайым Нурымбетовалар сɵзге шығып, Амет аға Нурымбетовтың ɵмири, басып ɵткен жолы, ислеген мийнетлери ҳаққында еске түсирди.
Қарақалпақстанлы физиклериниң ҳүрметли ақсақалы Амет аға Нурымбетов ҳаққында жазылған еске түсириӯлерди көпшиликтиӊ итибарына усыныӯды мақул көрдик.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери, профессор Шернияз Каниязовтың Амет аға Нурымбетов ҳаққында жазып қалдырып кеткен еске түсириўлерин
итибарыӊызға усынамыз…


Физиканың жан күйери еди…
Физика илими дүньялық илим. Ол ҳәр елде ҳәр қыйлы дәрежеде раўажланады. Соның ишинде Қарақалпақстанда физика илиминиң раўажланыўында кѳплеген физиклер мийнет етти ҳәм бул илимди раўажландырыўға ѳз үлесин қосты. Солардың ишинде кѳрнекли устазымыз Амет аға Нурымбетовтың айрықша орны бар. Себеби, ол Қарақалпақстанда физика пәнин жоқары оқыў орнында дәслепки шѳлкемлестириўшилердиң бири болды. Амет аға Нурымбетов 63 жасында дүньядан ѳтти. Усы жерде Игорь Васильевич Курчатовтың «Физика илими жақсы да, бирақ ѳмир қысқа да» деп ѳкинип айтқан сѳзи ядымызға түседи. Деген менен Амет аға усы ѳмири ишинде, республикада кадрларды таярлаўда оғада үлкен жетискенликлерге еристи, кѳплеген дүньяға белгили илимпазлардан тәлим алды, жаңа ѳсип киятырған қарақалпақ физиклерине тәрбия берди, илимди аяққа турғызыўда үлеси кѳп болған миллий кадрларымыздың дәслепкилеринен еди. Ол «Улыўма физика» кафедрасының доценти, Қарақалпақстанға ҳызмет кѳрсеткен муғаллим атағына ийе болды. Үзликсиз 1955-жылдан 1972-жылға шекем Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтиниң «Улыўма физика» кафедрасының баслығы лаўазымында иследи. Ал 1972-жылдан усы институттың, соң Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үлкен оқытыўшысы, ал 1987-жылдан ѳмириниң ақырына шекем усы кафедраның доценти болды.
Амет аға илимге ерте келген инсан. Ол 1946-жылы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық ҳәм муғаллимлер институтына муғаллим болып таярланған. Ол сонда педагогикалық институтын тамамлаған жас қәниге екен. Нәтийжеде М.В. Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниң физика факультетине оқыўға түскен ҳәм оны 1953-жылы питкерип, Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтында физика пәнинен оқытыўшылықты даўам еткен.
Кѳрнекли, болажақ устаздың физика ҳәм техника пәнине болған ықласы ҳәм соңынан белгили системаға айланған оның тийкарғы принциплери, усы оқыў орайында қәлиплескен деп ойлаймыз. Ол дүньядағы белгили Нобель сыйлығының лауреатлары болған Нильс Бор, Поль Дирак, Игорь Евгеньевич Тамм ҳәм Лев Давидович Ландау сыяқлы илимпазлардың лекцияларын тыңлаўға миясар болған. Илимди, әсиресе физика пәнин үгит-нәсиятлаў оның жетискенлигин мақтаныш етип жүриў Амет аға ушын үрдиске айналған еди. Ол ѳзиниң тиккелей устазы, термодинамика курсы сабақларын дѳреткен, профессор Василий Емельянович Микрюковты, шын инта менен мақтаныш сыпатында еске түсиретуғын еди.
1955-жылы, жаңа ғана 27 жасқа толған Амет аға «Физика» кафедрасын басқарыўға миясар болған. Деген менен оның алдында оғада қыйын машқала, кафедраны жоқары дәрежедеги қәнигелер менен толтырыў ўазыйпасы турды. Бул машқаланы шешиў ушын елимизге урыстан кейин келип қалған, европалы алымларды муғаллим етип алған. Олар химия илимлериниң докторы Фишер, Крамер, Хизниченко, Югай ҳәм тағы басқа алымлар еди. Жоқары оқыў орнында лекция оқыў физика пәни ушын, айрықша инталылықты талап ететуғынын толық түсинген Амет аға ѳмириниң ақырына шекем, «Сен муғаллим болдың ба, сабағыңды жақсы оқыт» деген принципке таянатуғын еди. Сонлықтан болса керек, Амет аға таярлаған кадрлар, бәринен бетер сабақ оқытыў мәдениятына итибар беретуғын кадрлар болып жетисти. Мысалы ушын, устазымыздың дәслепки шәкирти Қарлыбай аға Бердимуратовтың жасларға қатаң түрде сабақ ѳтиўлери ҳәм билимди талап етиўи жаслар арасында әпсанаға айналып кеткен еди. «Аспанда–Кудай, жерде– Қарлыбай» деген сѳзлер елеге шекем айтылып жүр. Оның дәслепки шәкиртлеринен Әлим аға Маджитов, «Экспериментал физиканы кѳп жыллар даўамында кеўилдегидей алып барды ҳәм ол илим кандидаты болып, кафедраны басқарды.
Ѳткен әсирдиң 60-70 жыллары «Физика» кафедрасында оқытыўшы кадрлар таярлаўдың басқа басқышқа ɵтиўиниң зәрүрлиги пайда болды. Кафедраны илим кандидатлары менен толықтырыў керек болып, талантлы жаслар кафедраға алынды. Ҳәтте пединституттың 3-курсында оқып атырған талантлы студентлерди Ташкент мәмлекетлик универсиетине кѳшириў имканияты пайда болды. Сонда Амет аға тек ғана еки студентти усыныўды мақул кѳрди. Олардын ата-аналары менен сѳйлести ҳәм олардың ыразылығын алды. Булар Мен ҳәм Қазый Бектурганов еди. Ташкент мәмлекетлик университеттин питкерип сол жылы аспирантураға түстик ҳәм 1966-жылы аспирантураны питкерип, Амет аға баскарып атырған кафедраға аға оқытыўшы болып орналастық.
Әмет аға кадрларды таңлаў процессин дѳретиўшилик дәражесине кѳтерген инсан десек болады. Ол ҳеш еринбестен болажақ физиклерди ҳәр тәреплеме үйренетуғын, әсиресе оны кафедраға жумысқа аларда, оның саўатлылығына ҳәм оқытыў мәдиниятына оғада итибар беретуғын еди. Ал енди жумысқа алынғаннан кейин, тап ѳзиниң баласындай қатнас жасағанын кѳрдик. Амет ағаның тиккелей тәсири астында ѳсип шыққан айырым илим кандидатларын атап ѳтейик. Олардан Бекберген Бекбаўлиев, Жуманазар Кайыпназаров, Имаматдин Турмановлар кѳп жыллар даўамында Қарақалпақстанның жоқары оқыў орынларында кафедраларды басқарды ҳәм тийисли атақларға ийе болды. Ҳүрметли устазымыз Амет ағаның тағы бир тәрепин айтып ѳтпекшимен. Оның пикиринше ҳәр бир физик болған инсан ҳеш болмаса ѳзиниң хожалығында ҳәр кыйлы қурылмаларды ислеп шығарыў зәрүр. Ол қол жетер жерлердеги материаллардан пайдаланып автоматластырылған шѳже шығаратуғын, ѳт-шѳп майдалайтуғын аппаратлар, ҳәтте тамшылап суўғарыў үскенелерин дѳретти. Ал кафедрада болса механикалық устахана дүзиў ушын ҳәр қыйлы станокларды жыйнап жүрди, олар елеге шекем университет пайдасына иске асып киятыр. Амет ағаның қолы тийген әсбаплар әсиресе, электротехника лабораториясындағы үскенелер, сол турсында болажақ техниклерди таярлаўға хызмет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта Амет аға басқарған «Улыўма физика» кафедрасын техника илимлериниң докторы Марат Тагаев басқарады. Елимиз жаслары, физика илими күшли раўажланған еллерде билим алыў имкәниятына ийе болды. Устаз ҳәм шәкирт арасындағы ѳз-ара бирге ислесиў таза басқышқа кѳтерилди. Ҳәр қыйлы таңлаўлардағы жеңимпазларға, ѳзлери қәлеген оқыў орынларына жеңиллетилген тәртипте түсиӯ имкәнияты берилди. Бундай жағдайларды устазымыз Амет аға, сол ўақыттағы оның шәкиртлери бизлер әрман ететуғын едик.
(Марҳум, профессор Шернияз Каниязовтың еске түсириўлеринен)
Физика факультети жәмәәти