СТУДЕНТТИ СЫЙЛАЎ КЕРЕК, -дейди Гүлаим Нурумбетова

 

– 67 жас;

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы;

– Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген Халық билимлендириў хызметкери;

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети «Шет тили ҳәм әдебияты» кафедрасының  доценти, филология илимлери кандидаты,

– Өмирдеги ураны: Адам болғың келсе — адамларға хызмет ет!

9-поток. Университет имаратына кирер екенсиз, өзгеше бир бағытлар сизди бул мәнзилге ерксиз жетелейди. Студентлер ҳәм сабаққа таярланып, ҳәм үсти-басына қараңқырап нағыз студент болып формада барыўға тырысады. Студентлер қаншелли албырап, бул аудиторияға кириўге сескенип турса да, оларды өзгеше бир күш ишкериге тартып турады. Себеби, бул жерде бираздан соң әдиўли устаз ҳүкимран болады, Гүлаим Аметовнаның нурлы дийдары ҳәм оқытыўға болған ықласынан жүзеге келген атмосфера пайда болады…

«Нурумбетова», «Нурумбетованың сабағы» делингенде көпшилик студентлер көз алдында оның қатаңлық минези жәмленген келбети сәўлеленеди. Ал негизинде болса, бул талапшаңлықтың, өз кәсибине болған пидайылықтың белгиси. Устазымыз, тийкарынан, ҳәр бир студенттиң ҳәм билимли, ҳәм тәрбиялы, интизамлы болғанын қәлеп, ҳәммени қатаң тәртипте услайды. Биз оннан оқыў орнында билим ҳәм тәртиптиң қайсы бириниң абзаллығын сорағанымызда, билим ҳәм тәртип бирдей қатарда жүриўи тийислигин, тәртип бар жерде билим де күшли болатуғынын айтып өтеди.

Устазымызды сәўбетке тартар екенбиз, оның студентлик жыллары, өз дәўириниң ҳәм ҳәзирги дәўирдиң билимлендириўи ҳәм ондағы студентлер жөнинде қызықлы ҳәм көпшиликке үлги боларлықтай мағлыўмат ала алдық.

Д.Б.: Сизиңше, сиз жаслығыңызда қандай студент болғансыз?

Г.Н.: Ҳәзирги студентлер мени түсинер ме екен. Себеби, мен басқа дәўирде туўылдым, басқа дәўирде  студент болдым…

1971-жылы Шет тиллери факультетиниң Инглис тили бѳлимине оқыўға киргенимде инглис тилиниң ҳәттеки бир де бир ҳәрибин де танымайтуғын едим. Соның ушын басқа студентлерге қарағанда үш есе, ямаса оннан да кѳбирек мийнет етиўиме туўра келетуғын еди. Өйткени, мектепте 9 жыл даўамында француз тилин оқығанлықтан, тилим французшадан инглисшеге дым айланбайтуғын еди.  Ҳәттеки, 6-кластан баслап әдебият ҳәм тарийх сабақларын француз тилинде ѳтип баслағанбыз. Сонлықтан, гейде 3-4 күнлеп тунлерде уйқыламай сабақ таярлап отырар едим. Китапханада «Do you speak English?»,  «Say it with us» деген китаплар болар еди, пластинкалары менен, сол китапларды бастан аяғына дейин тыңлап ядлап алғанман. Мийнеткеш едим…

Шынында да, устаздың бул жуўабынан кейин, оның ҳәзирги дәрежесин, тәжрийбесин көрип ҳайран қалмай илажымыз жоқ. Буны ол және де қызықлы фактлер менен сыпатлап, өзиниң студентлик дәӯириниӊ ӯақыясы менен бөлисти.

Г.Н.: Топарымызда ең жоқары баҳа «3» еди, ал мениң баҳам «1» ден ҳеш кѳтерилмес еди. Пахтаға да барар едик. Аӯылдың қызлары пахтаны ѳндирип терсе, ал бизлер, қаланың қызлары, пахтаны да териўди келистире алмайтуғын едик! Сонда менде бир пикир пайда болды: «Мынаў қызлар 1-класынан баслап пахта атызларында ѳмири ѳткен, оқыўларына дерлик ўақыты да жоқ есабы, ал мен болсам пахта да тере алмайман, оқыўды да келистере алмай жүрмен – меники дым уят ғой…» Сол ўақытлары бул жағдайымды сезип, соншелли аршыл болғанман ҳәм еле де терең оқыўға ҳәрекет еткенмен. Ҳәм умытылысларым нәтийжесинде биринши сессиямды  «5» баҳасына тапсырғанман. Солай етип, «1» баҳасынан «5» ке бирден ѳтип кеткениме өзим де еле ҳайран қаламан.

Д.Б.: Сиз оқыған дәўир ҳәм ҳәзирги заман билимлендириўиниң жақсы ҳәм жаман тәреплери неде деп ойлайсыз?

Г.Н.: Ҳәр заманға бир заман дегениндей, ҳәр заман ѳз мийўасы менен әжайып, демек оның жаман тәреплери жоқ есабы. Ҳәзирги заман студентлери еркин сѳйлеў уқыбына ийе, ал тил байлығы кемис, себеби әдебий шығармаларды оқымайды. Жаслардан интервью алса да, ядлап айтып береди, ал таярлықсыз сѳйлейтуғын болса үндемей қалады ямаса гәплеринде бослықты толтыратуғын «слова паразиты» кѳп жумсайды, мысалы, «не десек екен», «қысқа айтқанда» ҳәм тағы басқа.

Бизлерде шет елден келген адамларды ҳәттеки, еситиў мүмкиншилиги болмаған. Тыңлаў шынығыўларды Польша дикторлары атыўында еситип үйренетуғын едик. Ал оқыўлық китапларымыз Россиядан шыққан рус-инглис тилинде жазылған китаплардан оқып үйрендик, бирақ тил байлығымыз күшли, себеби жарыспаққа әдебий китапларды оқыйтуғын едик.

Ал, ҳәзир болса студентлер қолын қаяққа созса бәрине де жетип тур. Интернет тармағы арқалы еркин ҳәм шексиз түрде мағлыўмат алып, көп нәрсе үйрениўи мүмкин.

Д.Б.: Не ушын муғаллимшилик кәсибин таңлағансыз?

Г.Н.: Бул кәсипти мен ѳзим таңламаған едим. Шет тиллери факультетине кирип оқыўға мени әкем мәжбүрлеген. Себеби, мектепте көбирек тилге қызығар едим.

Ал, мениң ѳзим сол ўақытта хирург болыўды әрман еткенмен. Нѳкисте мединститут жоқ еди, үйден узаққа барып оқыўға болса ата-анам жибермеди.

Сондай болса да мен ҳәзир жүдә бахытлы инсанман. Себеби, әкем маған қайсы кәсип мүнәсип екенин меннен жақсы билер екен. Ата-ана ҳеш ўақыта алжаспайды.

Д.Б.: Сизди усы билим дәргайына – университетке не тартып турады?

Г.Н.: Бириншиден, жаслардың арасында жүрсең жасыңның үлкенлигин дым сезбейсең. Студентлер мениң пәниме жақсы таярланып келеди. Олар сабаққа орташа, аз ямаса тѳмен таярланып келсе де, оның унамлы тәреплерин излеп таўып, биринши қатарға қойып, мақтаўын бәлентке жеткизип, оларды ѳзимниң пәниме қызықтыраман. Ал, ең әҳмийетлиси, олардың ѳзине деген исенимин күшейтемен. Усындай жол менен билим алған студентлер билим ҳәм илим жолларында бәлент шоққыларға жетисе алады. Усындай нәтийжелерден заўық аламан ҳәм студентлерим беретуғын усы заўықты өзимде түйиў ушын университетке асығаман.

Д.Б.: Егер 18 жасар студент болып қалыў имканы берилсе, карьераңызда қандай өзгерис қылған болар едиңиз?

Г.Н.: Мен ѳз кәсибимди жүдә жақсы кѳремен. Аспирантураны питкерип келгенимде кѳпшилик адамлар мени ҳәмел қуўып кетеди деп ойлап еди. Факультет деканлығына да көп усыныслар болды. Мен болса, «мени ѳз жѳниме қойың, мен тек ғана аудиторияға кирип сабақ ѳтким келеди» деп жуўап берер едим. Сондай болса да кафедра баслығы болдым, Прогресс орайында директор орынбасары болып иследим, Шет тиллери муғаллимлер ассоциациясының президенти болдым – усы лаўазымлар жеткиликли болса керек. Ҳәзир де ѳз арзыўларыма жараса устаз болып жүрмен, ҳәм усы «карьерамды» ҳеш ўақытта ѳзгертким келмейди!

Д.Б.: Ҳәзирги студентлердиң кемшилиги неде деп ойлайсыз ҳәм оларға қалай мотивация бересиз?

Г.Н.: Ҳәзирги студентлердиң ҳеш қандай кемшилиги жоқ. Себеби, ҳәр бир студентти мен ѳз шәкиртим деп билемен, келешектеги ѳзимниң кәсиплесим деп қабыл етемен.

Студентти, бириншиден, ҳүрметлеў ҳәм сыйлаў керек. Ҳәр бир инсан дана, ақыллы болып келген бул дүньяға. Устаз  студентлердиң сол тәреплерин ѳзлерине кѳрсетип, унамлы жақсы тәреплерине көбирек дыққат аўдарып, мақтап, позитив жағдайларды тез-тезден жаратып турса, студентлер де ѳзине деген исеним пайда болып, күшейе береди, ал исеним болса, студентлердиң орынлай алмайтуғын тапсырмалары да болмайды.

Ҳакыйқаттан да, Гүлаим Аметовна ҳәр сабағында өз тәжрийбесинен көплеп сабақлар берип, гейде студентлерди керек жеринде ата-анасындай болып қадағаласа, гейде теңлесиндей болып ҳәзиллеседи. Тема түсиндириўди де, тапсырма сораўды да дослық мүнәсибетлерде қурыўға ҳәрекет етеди. Лекин, «қамысты бос усласаң, қолыңды қыяды» дегениндей, өз орнында қатаң болыўды да умытпайды. Устазға болған шексиз ҳүрмет ҳәм үлкен жуўапкершилик сыпатында ҳәр бир топар сабаққа өзгеше жантасып, интерактив усылларда тапсырма орынлаўға тырысады.

Сабақтан тысқары ўақытлары да бақлар екенсиз, устазымыз ҳақкеўил, сада, мийирман ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлерине ийе пидайы ҳәм садық дос бола алатуғындай инсан екенин көриўиңиз мүмкин. Себеби, ол усы дәрежеге жетиўи, яғный адам болыўы ушын адамларға хызмет етип келген ҳәм ҳәзир де хызмет етпекте!

Динора Бегдуллаева

Шет тиллери факультети

«Шет тили ҳәм әдебияты» бағдары

3-курс студенти

Пайдалы дереклер