⚡️ Университетимиз оқытыўшысы  «Ең жақсы илимий мақала-2021» халықаралық таңлаўы жеңимпазы

 Ел басшымыз тәрепинен илим тараўына айырықша итибар қаратып келинбекте. Буныӊ айқын мысалы ретинде республикамызда биринши рет өткерилип атырған «ЕӉ ЖАҚСЫ ИЛИМИЙ МАҚАЛА-2021» халық аралық илимий-әмелий таӊлаўы болып табылады. Бул таӊлаў елимизде биринши рет өткерилиўине қарамастан қоӊысы Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикистан Республикаларынан да қатнасыўшылардыӊ бар болыўы бул таңлаўдыӊ қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенлигинен дерек береди. Бул таңлаўға университетимиз оқытыўшысы Пирназаров Нурназар да өзиниӊ «Devolopment of a person’s spirituality in dialogue with another» aтлы мақаласы менен қатнасып, таӊлаў шөлкемлестириўшилери  тәрепинен жеӊимпаз деп табылды.

Жеӊимпазға сертификат ҳәм «ЕӉ ЖАҚСЫ ИЛИМИЙ МАҚАЛА-2021» ҳалық аралық илимий-әмелий таӊлаўыныӊ естелик нышаны тапсырылды.

«Устазы жақсыныӊ устамы жақсы» дегениндей, Н.Пирназаровтыӊ илимий басшысы Философия илимлери докторы, профессор Алима Бердимуратова да шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик нышаны менен сыйлықланды.

 

Тарийх факультети Философия қәнигелиги 1-курс студенти  Әўезмуратова Улзада

 

 

 

 

Пайдалы дереклер