Архитектура факультетиниӊ 3-курс Архитектура қәнигелиги студенти Мамбеткаримов Рашид Рустемович Россия Федерациясыныӊ Саратов қаласында ѳткизилген «Science» Халықаралық инглис тили бойынша таӊлаӯда жеӊимпаз болып, сыйлы орынды ийеледи ҳәм медаль алыўға миясар болды.

Р.Мамбеткаримов 1-курсынан баслап Архитектура кафедрасы үлкен оқытыўшысы А.Арзиев пенен бирге илимий ҳәм илимий-методикалық жумысларды ислеп, факультет зийрек студентлери қатарынан орын алып келмекте. Оның «Қарақалпақстан» баспасынан «Сызыў геометрия» атамасындағы оқыў-методикалық қолланбасы ҳәм 10 нан аслам илимий мақалалары, тезислери Халықаралық ҳәм республикалық илимий-методикалық конференцияларында ҳәм сырт ел илимий журналларында басылып шықты.
ҚМУ Баспасөз хызмети