Социаллық тармақларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Людмила Борисовна Хванның денсаўлық жағдайы ҳәм ол қыйналғанында итибар қаратпай атырғаны ҳаққында тарқалған хабарлар бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети рәсмий мүнәсибет билдиреди
Людмила Борисовна усы жылдың 31-август сәнесинен баслап емлеўханада жатып даўаланып атыр. Ҳүрметли устазымыз ҳәм кәсиплесимиздиң денсаўлық жағдайынан университет жәмәәти тиккелей хабардар болып, университет ректораты ҳәм университет Кәсиплик аўқамы ҳәм өзи ислеп атырған Шет тиллер факультети жәмәәтлери ҳәр тәреплеме материаллық жәрдем берип келмекте. Сондай-ақ,
бирге ислесип атырған кәсиплеслери, шәкиртлери ҳәр күни хабар алып турады.
Сан мың шәкиртлердиң ҳүрметли устазы Людмила Борисовнаның денсаўлық жағдайынан хабар алыў, оны итибарсыз қалдырып қоймаў адамгершиликке тән пазыйлет екенлигин бүгин көпшилик заманласларымыз ҳақыйқый иси менен көрсетип атыр ҳәм оған тилеклес.
Қарақалпақ Мәмлекетлик университети жәмәәти ҳүрметли устазымыздың денсаўлығы жақсыланып кетиўи ушын тилеклеспиз ҳәм барлық ўақытта қоллап-қуўатлап жәрдем етиўге тайынбыз.
ҚМУ Баспасөз хызмети