Тәрбия жумысларында сергекликти еле де асырыӯымыз зәрүр

Жасларымыздың тәлим-тәрбия жумысларына еле де сергекликте болыўымыз мақсетинде экономика факультети ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен 1-курс студент қызлар менен қәнигелердиӊ қатнасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

 Карақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакерлери А.Джанибекова , О.Утениязова, № 2 санлы шаңарақлық орайы шыпакери Р. Кенжебаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ИИБ тергеў басқармасы тергеўшиси, майор У. Оразбаевалар қатнасты.

 Ушырасыўда шыпакер Арзыгүл Джанибекова ҳәзирги күнде  ушырысып атырған жуқпалы кеселиклер, олардың алдын алыў, адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы (АИВ) инфекциясы, оның аўыр ақыбети туўралы кеңнен түсиник берди.

Қарақалпақстан Республикасы ИИВ тергеўшиси, майор Умида Оразбаева жынаятшылықтың түрлери сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында кең ушырасып атырған адам саўдасы, оның қурбанлары, ҳәр түрли урлықлар жүз бериӯ жағдайларын санлы фактлер менен келтирип өтти.

 Қызлардың зорлыққа ушырап қалып атырғанлығын, олардың ҳуқықларын толық билмегенликтен, усындай жағдайлардың базыда ушырасып атырғанлығын айтып өтти.

Ушырасыў соңында студент қызлар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап ҳәм юридикалық мәсләҳәтлер алды.

Экономика факультети ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси :     Э.Маденова

 

Пайдалы дереклер