“Жаңа ϴзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлары” деген идея астында «Кәсиплик аўқамлары күни» белгиленип, сәне мүнәсибети менен университет Кәсиплик аўқамы баслығы сыйлықланды

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 23-ноябрьде Өзбекстан Республикасының ЎРҚ-648-санлы «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген еди. Оған бола, 11-ноябрь – «Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленди. Бул жаңалық елимиздеги бес ярым  милионнан артық кәсиплик аўқамлары ағзалары тәрепинен жоқары ҳүрмет пенен күтип алынды.

 

11-ноябрь – “Кәсиплик аўқамлары күни”н белгилеў шеңберинде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен  “Жаңа ϴзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлары” деген идея астында усы жылдың 4-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында республика басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасыўында конференция ҳәм мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти. Илажды сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.А.Жалменов кирис сөз бенен ашып берди.

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты ҳәм конференция қатнасыўшыларын байрам күни менен қутлықлады.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Аткарыў комитетиниң 2021-жыл 20-октябрь күнги 4-17 «с» санлы қарары менен университет Кәсиплик аўқамы баслығы Аллияров Ашраф Даулетиярович «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине 1-жыл» көкирек нышаны менен сыйлыкланды.

 

 

 

Пайдалы дереклер