Факультет тьюторларыныӊ дәслепки жумыслары

Математика факультетине бекитилген  тьюторлар  өз жумысларын баслады. Атап айтқанда жас қәниге Низекеев Женисбай жаслық жигери менен жумысларын баслап жиберди. Женисбайға математика факультетинде күндизги тәлим бағдары бойынша  2-математика бакалавр тәлим бағдарынан 136 студенттиӊ тәлим –тәрбиясын, билимлерин, сабаққа қатнасларын ҳәм олардың жасаў-жағдайларынан хабардар болыӯ ӯазыйпасы жүклетилип, бул жуӯапкершиликли ӯазыйпасын баслады. Жатақханада ҳәм ижарада жасайтуғын студент-жаслардың жағдайлары менен толығырақ танысты.

Женисбай өзиниӊ дәслепки жумысын ийис газден зәҳәрлениўдиӊ алдын алыў бойынша түсиник жумысларынан баслады.    

 

Пайдалы дереклер