Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы менен биргеликте  илимий-әмелий семинар

 Усы жылдыӊ 8-ноябрь күни Карақалпақстан Республикасы статистика басқармасында тараў қәнигелери, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлер менен биргеликте 2021-жыл 11-августта қабылланған «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы нызам, 2020- жылы 11-ноябрь күни қабылланған Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниӊ «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халыкты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққында»ғы 710-санлы қарарыныӊ мазмун-мәниси ҳаққында студентлерге толық мағлыўматлар бериў мақсетинде илимий-әмелий семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасы баслығы доцент С. Байжанов, кафедра доценти Б.Мырзанов ҳәм «Статистика» қәнигелигиниӊ 2-курс студентлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетинен «Дизимге алыў нәтийжелери бойынша жыйма анализ мағлыўмат дүзиў» бөлими баслығы Қ. Сапаров, «Халықаралық бирге ислесиў ҳәм мағлыўмат алмасыў» басқармасы баслығы О.Мамадалиев, Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасынан, басқарма баслығыныӊ биринши орынбасары С.Бекмуратов, «Дизимге алыў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў” бөлими баслығы И.Нажимов, “Статистика искерлигин шөлкемлестириў ҳәм жыйма мағлыўмат-анализ ислери” бөлими баслығы Т.Нурмаханов қатнасты.

 

 

Илимий-әмелий семинар даӯамында студентлеримиз ушын әҳмийетли мағлыӯматлар берилип,  бүгинги күндеги дизимге алыў нәтийжелери барысы менен танысты.

Экономика факультети деканы орынбасары   Қ.Нурманов

Пайдалы дереклер