?Кәсиплик аўқамлары күнине бағышланған байрам жарысы болып өтти

«Саламат шаӊарақ» сүрени астында 11-ноябрь- Кәсиплик аўқамлары күнине бағышланған университет хызметкерлери арасында байрам жарысы болып өтти.

Жарысқа факультетлерден шаңарақлар қатнасты. Жарыс жуӯмағы бойынша 1-орынды шет тили факультетинен Сапарниязовлар шаңарағы, 2-орынды химия-технология факультетинен Маденовлар шаңарағы, 3-орынды физика факультетинен Алимбетовлар шаңарағы ийеледи. Шаӊарақ ағзаларыныӊ шаққанлығын сынға салған спорт жарысы қызықлы болып өтти.

Сондай-ақ, 8-9 ноябрь күнлери аралығында профессор-окытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында спорттың «Киши-футбол» түри бойынша «Кәсиплик аўқам кубоги» болып өтти.

 Жарыста  1-орныды ректорат командасы, 2-орынды АХЧ командасы, 3-орынды Сыртқы бөлими командасы ийеледи. Жарыс соңында  жеңимпаз болған командаларға Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен жеӊимпазлар естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.

 

 

Пайдалы дереклер