Мәмлекетимизди социал-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға муўапық кадрлар таярлаўдың мазмунын түптен қайта көрип шығыў, халықаралық стандартлар дәрежесинде жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўға зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 20-апрельдеги «Жокары билимлендириў системасын және де раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарары, сондай-ақ 2017-жылы 27-июльда «Жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў сапасын асырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының үлесин және де кеңейттириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарары қабыл етилген еди.
Президент Қарарларында республикамыз территорияларын социал-экономикалық раўажландырыў ушын заман талапларына жуўап беретуғын жоқары маман кадрларды өз ўақтында зәрүр қәнигеликлер бойынша экономика тараўлары ҳәм тармақлары мүтәжлигинен келип шыққан ҳалда таярлаў, жоқары билимлендириў мазмунын тиккелей кәрханалар, мекемелердеги техника, технология, ислеп шығарыў мүнәсибетлерине ҳәмде келешек раўажланыў бағдарламаларына муўапық әмелге асырыў, кадрларды ийелеген кәсиби ҳәм қәнигелиги бойынша жумысқа жайластырыўға қаратылған актуал мәселелер өз сәўлелениўин тапқан.

Қарарды орынлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Υстирт газ химия комплекси кәрханасы ортасында шәртнама дүзилип, 2017-2018- оқыў жылынан баслап кәрхана қәнигелери менен бирге ҚМУ профессор оқытыўшылары, Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы, Нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў, Химиялық технология бакалавр тәлим бағдары студентлери менен биргеликте ҳәр ҳәптениң жума күнлери семинар тренинг өткерип барыў жолға қойылды.

Быйылғы 2021-2022 -оқыў жылында да усы дәстүрге сүйенген ҳалда Υстирт газ химия комплекси қәнигелери менен биргеликте семинар тренинглер өткерилип барылмақта. Бундағы тийкарғы мақсет студент жаслардың тыянақлы билим алыўында ис бериўшилердиң тәжирийбесинен пайдаланыў, ақырғы модернизация кылынған технологиялық процесслерди үйренип барыў, кәрханадағы айрықша әҳмийетли машқалаларды үйрениў арқалы профессор окытыўшылардың илимий изертлеў жумысларын жеделлестириў, яғный, өндиристеги машқала тийкарында жаңа илимий бағдарларды анықлаўдан ибарат. Бул семинар тренинг әлбетте, оқыўды питкерген ўақтында студент жаслар арасынан билимли жасларды жумысқа таңлап алыўда да үлкен жәрдем беретуғынлығы сөзсиз.
Рашид Қурбаниязов.
ҚМУ Санаат технологиясы факультети деканы
