Факультет кубоги ушын жарыс шөлкемлестирилди

     Университет спорт майданшасында 18-ноябрь Өзбекстан Республикасы байрағы қабыл етилген күнине бағышланып  Қурылыс факультети топарлары  арасында  спорттың  киши футбол тури бойынша «Факультет кубоги» жарысы өткерилди. Жарысқа  26 топардан командалар қатнасты. Жарыс қызғын беллесиӯлер менен өтти. Жарыс жуӯмағында 1-орында 3-а курс Инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм монтажы бағдары, 2-орынды 3-в курс Қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм конструкцияларын ислеп шығарыӯ бағдары, 3-орынды 1-курс Д-Е Инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм монтажы бағдары топарларынан жәмлескен командалары жеӊип алды.

Сондай-ақ, «Еӊ жақсы дәрӯазаман», «Ен жақсы ҳүжимши», «Еӊ жақсы қорғаӯшы» номинациялары бойынша да студентлер анықланып, жеӊимпаз командаларға ҳәм студентлерге факультет деканы Т.Узақов тәрепинен мақтаӯ жарлықлары ҳәм факультет кубоги тапсырылды.

 

Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары                   С.Нурниязов

 

 

Пайдалы дереклер