Мәмлекетлик нышанлары ҳәр-бир мәмлекеттиң суверенитети ҳәм ғәрезсизлигин аңлататуғын муқаддес белги болып есапланады. Өзбекстанның мәмлекетлик нышанлары халқымыздың мақтанышы болып есапланады. Халқымыз ушын уатанымыздың муқаддес нышаны Мәмлекетлик байрағы әзиз ҳәм манеўиятымыздың ең әҳмийетли тымсылы. Сол себепли, байрағымызға нәзер салғанымызда қәлбимизде бай руўхый сезим, келешекке исеним сезимин көремиз. Өзинде мәнис-мазмунды аңлатқан байрағымыз дүнядағы барлық мәмлекетлердиң байрағы арасында айрықша орынға ийе.
Экономика факультети студент жаслары 18-ноябрь Мәмлекетимиз байрағы күнин көтериңки рухта белгилеп өтти. Топарларда профессор-оқытыўшылар байрығымыз ҳақкында мақтаныш пенен илажлар өткерди.
Байрағымыздың бәлентлиги елимиздиң абрайынан дерек береди. Солай екен ҳәмийше байрағымызды басымыздан жоқары көтерейик!
Экономика факультети деканы орынбасары Қ.Нурманов


