Биология факультетинде әдебий кеше!

Тил бул-миллеттиң руўҳый дүнясы, байлығы саналады. Ҳәр бир халық басқа халықлардан өзиниң миллий  үрп-әдет дәстүрлери, мәденияты, әдебий тили арқалы ажыралып турады. Сонлықтан ҳәр бир инсан өз ана тилин жақсы билиўи ҳәм сол тилде еркин, таза сөйлеўи лазым. Инсан қәлбиндеги бәрше жақсы пәзыйлетлер ең дәслеп аналарымыздың ана тилинде айтқан ҳәййиўи менен руўхый дунямызға сиңеди.

1989-жылы 1-декабрь  күни Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил  бийлиги берилди. Бул әҳмийетли сәне, әлбетте. Сәне мүнәсибети менен байрам илажы 1-декабрь күни Бедақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик унивеситети Биология факультетинде «Тарийхымсаң, тағдиримсең, келешегимсең ана тилим» атамасындағы әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Онда факультет декан орынбасары Ж.Муйнакбаев, факультет топар тьюторлары ҳәм басқа да профессор-оқытыўшылар қатнасты. Кешеде студент-жаслар өзлери таярлап келген презентацияларын көрсетип, ана тилине арнап жазылған уллы шайырлардың дөретпелеринен әдебий қосықлар оқып берди.

Ана тилимизди ҳўрметлеп, оның тазалығын сақлаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. Дүняда жарлы тил болмайды, оны жақсы билмейтуғын, сөзлерден өз орнында пайдаланбайтуғын адам ғана болыўы мүмкин!

Ана тилим сен басқадан айырма,

Сен турғанда менде әдеўир шайырман,

Сонша қатал сүргинлерден жоғалмай,

Бул күнлерге жеткенине қайылман

(Ибраим Юсупов). 

 

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,

Биология факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан  орынбасары

Пайдалы дереклер