Өзбекстан Республикасы туризм ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Республикалық Мәдений мийрас агентлиги, И.В. Савицкий атындағы музейи басламасы менен 2-декабрь 2021-жыл Республикамыз бойынша «Мәденият мийрас ҳәм мен» атамасындағы акциясына старт берилди.
Бул акцияға Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Экономика факультети 1 курс туризм бағдарының студент жаслары белсене қатнасып, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан миллий мәдений мийрасымыз болған «Шылпық» археологиялық объектинде болды, бул естеликтиң келешек әўладларға жетип барыўын тәмийинлеў бойынша объект аймағын түрли шығындылардан тазалаў жумыслары алып барылды.
