ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНА 29 ЖЫЛ ТОЛДЫ

2021-жыл декабрь айының 8-сәнесинде Өзбекистан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 29 жыл толады. Конституция ҳəр бир мəмлекеттиң келешегин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе бол­ған Тийкарғы нызам есапланады.

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетинде Конституциямызға 29 жыл толыўы мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Өзбекистан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми кеңеси атқарыў комитети баслығы А.Бегимова, Өзбекистан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районы партия шөлкеми баслығы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети 2-курс магистранты Б.Жиенбаев, сондай-ақ, студент-жаслар қатнасты. Ушырасыўды факультет декан орынбасары Ж.Муйнакбаев басқарып барды.

Буннан соң, Өзбекистан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми кеңеси атқарыў комитети баслығы А.Бегимова, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети 2-курс магистранты Б.Жиенбаевлар шығып сөйлеп, Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, инсан мәплери, оның ҳуқықлары, еркинликлери, қәдир қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында айтып өтти.

Ушырасыў даўамында Биология факультетинен Өзбекистан Экологиялық партиясына ағза болған студентлерге партия билетлерин тапсырды.

Ушырасыў соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Жалгасбай Муйнакбаев,

Биология факультети Жаслар менен ислесиў бойынша декан  орынбасары.

Пайдалы дереклер