Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Математика факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳǝм студент-жаслары Новосибирск мǝмлекетлик университети Механика-математика факультетиниң профессоры Олег Александрович Данилов пенен ушырасты.

Ушырасыўды В.И.Романовский атындағы Математика институты Қарақалпақстан бѳлими баслығы, профессор К.К.Қудайбергенов алып барды. Бул ушырасыўды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет факультетте бакалавр бағдарында оқып атырған зийрек студент жаслардың келешекте Новосибирск мǝмлекетлик университетинде оқыўын даўам еттириўи ушын жаратылған имканиятлардан дурыс пайдаланыў хаққында көплеген мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, ушырасыў даўамында студент жаслар ѳзлериниӊ қызықтырған сораўларына мазмунлы жуўапларын алды.
Новосибирск мǝмлекетлик университети 2021 жылы QS World University Rankings рейтингинде 246- орында, Россия университетлери арасында 3- орында турады. 2019-2021-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Математика факультетиниң математика тәлим бағдарының 5 студенти Новосибирск мǝмлекетлик университети Механика математика факультетиниң магистратурасында оқыды ҳәм усы жылдан баслап аспирантураға оқыўға түсти, быйыл факультетимиз студентлеринен 8 студент усы оқыў орнында магистратурада оқып атыр.

Т.Курбанбаев-Функционаллық анализ, алгебра ҳәм геометрия кафедрасы баслығы.