Университетимизде 2019-жылы Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы жаңадан шөлкемлестирилген болып, кафедрада 7 профессор-оқытыўшы бар болса, соныӊ менен бирге белгили жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар да студент жасларға сабақ өтеди.
Сырт ел Жоқары оқыў орынларынан Дүнья рейтингинде 500 топ университетлер қатарында орын алған Түркия мәмлекети Хачаттепа университети профессори, филология илимлериниң докторы, профессор Нуреттин Демир бирнеше күннен бери 70230101-лингвистика (түркмен тили) қәнигелиги 1-басқыш магистрлерине “Лингвокультурология” пәнинен лекция сабағын өтип атыр.
Профессор Нуреттин Демир магистрантларға “Тил ҳәм мәденият” темасынан лекция сабағын өткенде, тек ғана түркий халықлар мәденияты емес, ал дүнья халықлары мәденияты ҳәм олардың тили мәселелери жөнинде жақсы мағлыўматларды айтып өтти. Сабақ даўамында магистрантлар, соның менен бирге сабаққа қызығыўшылық пенен қатнасқан 5120100-филология ҳәм тиллерди оқытыў (түркмен тили) тәлим бағдары студентлери, Түркменистаннан келип билим алып атырған студентлер пән бойынша өзлерин қызықтырған сораӯларын берди. Профессор Нуреттин Демир студентлердиң берген саўалларын дыққат пенен тыңлап, оларға жуўап берди. Сабақ дисскусия формасында алып барылып, жасларда илимге-билимге деген қызығыўшылықты оятты.

Усы көзқарастан қарап отырсақ, түркий халықлар тили, дини, мәденияты бири-бирине жақын болғанлықтан түркиялы профессор Нуреттин Демир устазымыздың өткен лекция сабағы анық, түсиникли болды.
Мағлыўмат орнында айтып өтсек, университетимиз Түркия мәмлекети Хачаттепа университети менен бирге “MEVLANA EXCHANGE PROGRAMME” программасында бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзген еди. Онда Түркий тиллер тили ҳәм әдебиятын салыстырмалы үйрениў бойынша Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы да киргизилген.
Усы орында профессор Нуреттин Демир устазымызға жасларымызға илим-билим үйретиўде университетимиз, соның ишинде кафедрамызды қоллап-қуўатлап атырғанлығы ушын Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы жәмәәти ҳәм магистрант, студент жаслары атынан үлкен миннетдаршылық билдиремиз.
Лингвистика (түркмен тили) қәнийгелигиниң 1-басқыш магистранты Акнур Ораева