Бүгин, 17-декабрь күни экономика факультети бухгалтерия есабы ҳәм аудит тәлим бағдарының 1-курс рус топары студентлерине Қазақстан мәмлекетлик аграр изертлеў университети доценти Исмаилова Айгул Қанатбаевна «Экономикалық теория» пәнинен «Факторлы дәраматлар ҳәм хызмет ҳақының қәлиплесиўи» темасында лекция ҳәм әмелий сабақлар өтти.
Сабақ барысында студенлерге факторлы дәраматлар, соның ишинде хызмет ҳақының әҳмийети, оны шөлкемлестириў формалары, хызмет ҳақыны шөлкемлестириўде тариф системасының роли ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, дүнья практикасында хызмет ҳақы төлеўдиң өзгешеликлери ҳаққында студентлер ортасында өз-ара пикир алысыў шөлкемлестирилди.
