Бүгин 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, биология илимлериниң докторы, профессор Тлеуов Рахман Тлеуовичтиң 90 жыллық юбилейине арналған илимий-теориялық конференция болып өтти.
Илимий-теориялық конференцияда республикамыздан шыққан биринши биолог илимпаз Рахман Тлеуовтың өмир жолы ҳәм илимий-педагогикалық искерлиги ҳаққында кең сөз етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, биология илимлериниң докторы, профессор М.Жуманов «Рахман Тлеуов – зоология илиминиң байтереги», Қаракалпақ мәмлекетлик университети биология факультети деканы, биология илимлериниң докторы Я.Аметов «Рахман Тлеўовтың өмир жолы ҳәм илимий-педагогикалық искерлиги» ҳәм бир қатар илимпаазлар өзлериниң баянатлары менен қатнасып, илимпаздың илимде қалдырған бай мийрасларына тоқтап өтти.



Р.Тлеўовтың илимге қызығыўына студентлик дәўиринен илимий экспедицияларға қатнасыўы, және де экономика ҳәм мәденият илим изертлеў институтында ислеўши белгили илимпазлар
Н. Дәўқараев, Қ.Айымбетов, И.Сағыйтов, Ә.Қыдырбаев, Р.Қосбергенов, С.Камалов, М.Нурмухамедов,С.Османовлар себепши болған. Ол 1962-жылдан баслап ӨзИА Қарақалпақстан филиалында дәслеп үлкен илимий хызметкер, ал 1963-жылдан баслап ихтиология ҳәм гидробиология лабораториясының баслығы лаўазымында иследи.
1963-жылы Қырғызстанда профессор Ф.А.Турдаковтың басшылығында ихтиология бойынша кандидатлық диссертациясын жақлады.
1966-жылы ӨзИА Қарақалпақстан филиалында комплексли тәбияттаныў институтының илимий ислери бойынша директорының орынбасары, 1973 – 1982-жыллары директор лаўазымында ислейди.
Р. Тлеуов ӨзИА Қарақалпақстан филиалында комплексли тәбияттаныў институтының директоры лаўазымында ислеген ўақытларында институтқа керекли қәнигелерди таярлаўда ҳәм бир қанша илимий лабораторияларды ашыўда аянбай мийнет етти.
1981-жылы Р.Тлеўов Москвадағы ВНИИРО (балықшылық бойынша Пүткил союзлық илим изертлеў институты) илимий кеңесинде Арал мәселелери бойынша биринши болып биологиядан «Влияние антропических факторов на состояние популяции рыб и рыбное хозяйство Аральского моря» атамасында докторлық диссертациясын жақлайды.
1981-жылы Р.Тлеўовқа «Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.
Р. Тлеуов 1983-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң зоология кафедрасында ислейди. Соның ишинде 1983-1997 жылларда зоология кафедрасы баслығы лаўазымында иследи, деп атап өтти илимпаздың илимий изленислери ҳаққында шығып сөйлеўшилер.

