М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниң Ташкент филиалында «ИНЛЕЛЛЕКТУАЛЬНЫЕ ТЕХНОЛОГИИ В ОБРАЗОВАНИИ» атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияға М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети, бул университеттиң Ташкенттеги ҳәм Душанбедеги филиаллары, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Россия илимлер академиясы ҳәм басқа да университеттиң профессор-оқытыўшылары өз баянатлары менен қатнасты. Соның менен бир қатарда бул конференцияға Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультетиниң «Улыўма экономикалық пәнлер» кафедрасы баслығы Г.Утемуратова «ИНТЕЛЛЕКТУАЛЬНЫЕ СИCТЕМЫ В СФЕРЕ ОБРАЗОВАНИЯ» атамасындағы баянаты менен ҳәм Финанс кафедрасы «Мәмлекетлик финанс ҳәм халық аралық финанс» қәнигелигиниң магистранты Мамутова Камила “THE ROLE OF SMALL BUSINESS AND ENTREPRENEURSHIP IN THE DEVELOPMENT OF COUNTRY’S ECONOMY” баянатлары менен қатнасты.

