Жыл жуўмағы: Студентлерди социаллық қорғаӯ ҳәмийше итибарда

 «Жасларды қоллап-қуўатлаў хәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама берилген 2021-жылда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент жасларды социаллық қорғаӯ, оларды материаллық тәрептен қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде көлемли жумыслар әмелге асырылды.

 

2020/2021-оқыў жылыныӊ январь айында студентлерди социаллық қорғаӯ, оларды материаллық тәрептен қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде университет студентлерин хошаметлеӯ фонды есабынан төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған 109 майыплылығы болған ҳәм жетим студентлердиӊ ҳәр бирине 1 000 000 сумнан жәми 109 000 000 сум, ал февраль айында 33 жетим, 85 майыплылығы болған студентлердиӊ ҳәр бирине 200 000 сумнан жәми 23 600 000 сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилди.

 

2021/2022 оқыӯ жылында 320 студентке 543,774,000 сўм муғдарында үстеме стипендия ҳәм бир мәртелик сыйлық пулы берилди.

“Темир дәптер”ге киргизилген шаӊарақлардыӊ перзентлери есапланған, яғный, 1-курста оқып атырған 25 студентке 2021/2022-оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын төлем-контрактиниӊ толық суммасы жәми 152 248 390 сум муғдарында төлеп берилди.

Ата-анасы яки олардыӊ биринен айрылған мүтәж ҳәм бағыўшысы жоқ жалғыз, яғный 1-курста оқып атырған 50 студент-қызға 2021/2022-оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын төлем-контрактиниӊ толық суммасы жәми 344 407 050 сум муғдарында төлеп берилди.

Сондай-ақ, студентлерди хошаметлеў фонды есабынан мәмлекет қарамағында болған, университетте оқып атырған 26 шын жетим студентлерге усы жыл сентябрь айының 1-сәнесинен баслап төленетуғын стипендия төлемлери 50 пайызға асырылған ҳалда төленбекте.

 

Университет есабынан усы жылы 3-декабрь – Халықаралық майыпларды қорғаў күни мүнәсибети менен университетте билим алып атырған 294 студенттиӊ ҳәр бирине 595562 сумнан жәми 175 095 228 сум, толық жетим 81 студенттиӊ ҳәр бирине 1 327083 сумнан жәми 107 493 723 сум материаллық жәрдем көрсетилди, сондай-ақ, социаллық қорғаӯға мүтәж 58 студенттиӊ ҳәр бирине базалық есаплаӯ муғдарыныӊ 5 барабары яғный 1 350 000 сўмнан жәми 78 300 000 сум муғдарында субцидиялар ажыратылды. Усы жыл январь айынан баслап бүгинги күнге шекем материаллық жәрдем сорап арза менен мүрәжаат еткен 7 студентке 7 189 000сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилди.

 

 

Пайдалы дереклер