Бүгин, 4-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Студентлер турар үйинде пайызлы ушырасыў кешеси шөлкемлестирилип, бул жасларымыз ушын айрықша руўхланыўшылық кейпиятын инам етти.
Университетте Түркменстан Республикасынан келип билим алып атырған студентлердиң қысқы дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде Студентлер турар үйинде ҳәр қыйлы илажлар даўам етип, байрам дастурханы жайылды.
Қысқы дем алыс пайтында өз үйлерине қайта алмай қалған түркменстанлы студентлердиң жасаў жағдайы менен танысыў ҳәм олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда университет ректоры Ахмед Реймов қатнасып, студент жаслар менен жақыннан сәўбетлести.

Университет ректоры Студентлер турар жайында қызлар ушын жаратылған шараятлар менен де танысты. Тигиўшилик өнери дөгерегинде қысқы дем алыс пайытында түркменстанлы қызлар да өнер үйренип атыр.

-Мәҳәлледе жасаўшы ҳаял-қызлардан устаз сыпатында бириктирилген қәниге ҳаял- қызлар келип, шеберлик сабағын өтпекте, -дейди Ҳаял-қызлар Кеӊеси баслығы И.Сейтназарова.
Ҳаял-қызлар кеңеси жанында шөлкемлестирилген «Шебер қоллар» тигиўшилик дөгереги ҳәм «Қызларжан» клубы ағзаларының қол өнери буйымлары көргизбеге қойылып, өнерли қызлардың мийнетлери жоқары баҳаланды.
Студентлер турар үйинде жасап атырған түркменстанлы студентлер бир кеса шай үстинде қуўанышлары менен бөлисип, жақсы шараятларды жаратып берген университет ректоратына өз миннетдаршылығын билдирди.





ҚМУ Баспасөз хызмети.