Бүгинги турмысымызды шет тиллерисиз көз алдымызға келтире алмаймыз. Глобализация процеси тезлескен сайын шет тиллерин үйрениў бүгинги күнниң талабына айланып бармақта. Ҳәзирги ўақытта қандай да бир тараўда жетик қәниге болыў ушын шет тилин билиў әпиўайы талапқа айланды.
Бир қанша ўақыттан бери шет тиллерин оқытыў қатар машқалаларды келтирип шығарып киятырғаны, бунда әлбетте оқытыў методларының ескиргенлиги, оқыўшылардың шет тиллерин үйрениўге мейилиниң жоқлығы, шет еллерде тәлим алыў дерлик имкансызлығы тийкарғы себеп сыпатында көрсетилип киятыр еди.
Бул машқалалар 2012-жыл 10-декабрьдеги Өзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримов тәрепинен “Шет тиллерин үйрениў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 1875-санлы қарарының қабыл етилиўи менен өз шешимин табыўы күтилген еди. Себеби қарар тийкарында 2013-2014-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-класынан баслап шет тиллери оқытыла баслады. Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары тийкарында баслаўыш класс оқыўшыларының шет тиллерин үйрениўи бойынша минимал талаплар ислеп шығылды.
Бул өз гезегинде бир қанша машқалалардың жүзеге шығыўына себепши болды. Атап айтқанда, улыўма орта билим бериў мектеплеринде шет тиллери бойынша сабақ санының артыўы менен шет тили пәни муғаллимлерине болған үлкен жетиспеўшиликти келтирип шығарды. Жәмийетимизде де усы күнге шекем бундай итибар қаратылмаған шет тиллериниң тез пәт пенен кирип келиўи ата-аналардың да орынлы наразылықларына себеп болды. Әсиресе балаларына үйлеринде бул тиллерди өз бетинше үйрете алмаўы оларды албыраўшылыққа түсирди. 4-класс питкериўшисиниң мәмлекетлик билимлендириў стандартларында келтирилген халықаралық А1 дәрежесин ийелеўи кереклиги ҳақыйқаттан узақ болып, бул ең алдыңғы қатардағы устазларымыз ушын да орынлап болмас тапсырмаға айланды.
Кейинги жылларда Президентимиз Ш.М.Мирзиёвтың қабыл қылған бир қанша Қарар ҳәм Пәрманлары жасларымыздың раўажланған мәмлекетлерде билим алыўы ушын имканият есиклерин ашты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-майдағы “Өзбекстан Республикасында шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыўды сыпат жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-5117-санлы қарарының қабыл етилиўи ҳәмде усы қарар менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыў Агентлиги ҳәмде оның аймақлық бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи мәмлекетимизде шет тиллерин ғалабаластырыўға қойылған үлкен қәдем болды деп айта аламыз.
Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими мәмлекетимиздеги ең үлкен географиялық аймаққа ийе болған республика болып, дүзилгенине көп ўақыт болмаған аймақлық бөлим тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылды.
Ең дәслеп республиканың географиялық жайласыўы бойынша қала ҳәм районлардын ең шетки орынлардағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң шет тили пәни муғаллимлерине методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде тәжирийбели муғаллимлерден ибарат мобиль группалар таярланды ҳәмде орынларда методикалық жәрдемлер көрсетилди.
Өз гезегинде агентликтиң аймақлық ўәкиллери республикамыздың ҳәр қыйлы орынларында болып шет тили пәни муғаллимлери ушын ҳәр қыйлы мотивациялық характерге ийе семинарлар шөлкемлестирип, муғаллимлердиң халықаралық сертификатларға болған талабының артыўына ерисилди.
Буннан тысқары Нөкис қаласында жайласқан Stanford Language Center HOY “Smart English” ҳәмде Малайзияның «Tasbeeh» компаниясына қараслы “United Language Network” тил үйрениў орайларының сырт елли тәжирийбели муғаллимлери менен биргеликте педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы ҳәмде Қарақалпақ мәмлекетлик университетлеринде оқыў-семинарлары ҳәмде халықаралық тәжирийбелер тийкарында сынаў тестлери өткерилип, муғаллимлер бул тестлердиң форматлары менен таныстырылды.
Нәтийжеде 100 ден аслам жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары ҳәмде халық билимлендириў бөлимлерине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң муғаллимлери С1 дәрежедеги миллий ҳәмде халықаралық сертификатларды қолға киргизди.
Буннан былай да, Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң режелерине жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери, улыўма орта билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди еледе жетилистириў, мәмлекетлик басқарыў органлары, бунда әсиресе, шет тиллери жумыс барысында зәрүр болатуғын қәнигеликлер ушын қысқа оқыў курсларын шөлкемлестириў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалады.
Таярлаған: Б.Хамидуллаев