Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қорықхана ҳәм миллий бағлар күнине арналған илаж болып өтти.
Бул илаж университет студентлери арасында қысқы демалыс күнлерин пайдалы ҳәм мазмунлы өткериў ҳәм тәбиятқа деген сүйиспеншилигин еле де асырыў мақсетинде Университеттиң студентлер жатақханасында өткерилди. Оған Қубла-Үстирт миллий тәбият бағының қәнийгелери, Биология факультети оқытыўшы ҳәм магистранты, факультетлер тьюторлары ҳәм студентлер қатнасты.
Соңғы ўақытлары жабайы тәбиятқа болып атырған браконерлик ҳәрекетлер тараў ўәкиллеринен еле де сергекликти талап етеди. Өз нәўбетинде оның ақыбетлери ҳаққында халықты хабардар етиў зәрүрлиги жүзеге келмекте. Себеби, инсанларда тәбиятқа болған итибар артса ғана ана тәбиятымызды қәстерлеп сақлаӯдағы ҳәрекетлеримиз нәтийжели болады, деп атап өтилди.

Сондай-ақ, ушырасыӯда қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берилди.
Бундай илажлардыӊ биргеликте өткерилиўи әлбетте, өзиниң нәтийжесин бериўи тәбийий.

ҚМУ Биология факультети
1-курс магистранты А.Каирбаев.