Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң География ҳәм тәбийий ресурслар факультетинде 11-13 январь күнлери кредит-модул системасы бойынша семинар шөлкемлестирилди. Семинарды кредит-модул системасы бойынша Ташкент қаласында бул бойынша қысқа курсты өтеп келген факультеттиң декан орынбасары А.Жолдасов, шет еллердеги (Қазақстан қатнас жоллары университети мысалында) алып барылыў тәжирийбеси ҳаққында экономикалық ҳәм социаллық география кафедрасы доценти Г.А.Бекбулатова, сондай-ақ Болон декларациясы бойынша Европа еллериндеги кредит модул системасында оқытылыў механизми ҳаққында 2014-2016-жылларда Словакия Республикасының Бритаслава қаласыдағы Коменский университетиниң (QS рейтинги бойынша 1000 лыққа киреди) Ландшафт экологиясы кафедрасында Қоршаган орталықты планластырыў ҳәм басқарыў магистратура қәнигелигин оқып питкерген, ҳәзирги күнде ҚМУ Экономикалық ҳәм социаллық география кафедрасы ассистенти Медетбай Отеулиевлер алып барды. Олар кредит модул системасының абзаллықлары, онда оқытыўшы ҳәм студенттиң қатнасы, тапсырмаларды қалайынша орынлатыў, баҳалаў бойынша кең түсиник берди.
Соң факультет профессор-оқытыўшылары проф.Р.Баллиева, доцент П.Реймов, доцент Н.Ембергенов ҳәм Г.Ходжаевалар оқытыўдың кредит-модул системасы бойынша еледе жетилистириў жоллары ҳаққында шығып сөйлеп факультет жас профессор-оқытыўшыларына жол жобалар көрсетти.
