Университет ректорының ҳаял-қызлар бойынша мәсләҳәтшисине «Миннетдаршылық хаты» тапсырылды

 Усы жылдыӊ 11-январь күни Жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен жыл жуўмағы бойынша үлкен байрам илажы шөлкемлестирилди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары, республикалық ҳаял-қызлар жәмийетлик Кеңеси баслығы М.Ахмедова, Қарақалпақстан Республикасы Мусылманлар  қазыяты Қазысы Ш.Баҳаўатдиновлар қатнасты.

Салтанатлы илажда жыл даўамында белсенди искерлик көрсеткен жәмийетлик искерлер хошаметленди.

Усылар қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының ҳаял-қызлар бойынша мәсләҳәтшиси Сейтназарова Инжайым Ержановна, «Жәмийетте кеңпейиллик, өз ара ҳүрмет ҳәм меҳир-мириўбет сезимлерин күшейттириўде, миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеӊпейилликти тәмийинлеӯ, көп миллетли үлкен бир шаңарақ туйғысын беккемлеўде, социаллық- руўхый орталықты және де саламатластырыў, жас әўладтың интеллектуал ҳәм руўхый потенциалын асырыў, жасларды Ана Ўатанға мухаббат ҳәм миллий идеяға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы пидәкерлик хызметлери ушын»

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қ.Сариев тәрепинен «Миннетдаршылық» хаты ҳәм саўғалар  менен сыйлықланды.

Гүлбәҳәр Қазақбаева.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Пайдалы дереклер