Экономика факультетинде «Академиялық ҳәм финаслық еркинлик имканиятлары» атамасында семинар-тренинг болып өтти

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл, 24-декабрьдеги «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына финанслық еркинлик бериў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-60-санлы қарарыныӊ мазмуны ҳәм  әҳмийети ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпаларға бағышланған семинар тренинг  Экономика факультетинде болып өтти,  Семинар тренинг факультет декан орынбасары Закимов Айбек тәрепинен алып барылды.
Семинар тренингде жоқары оқыў орынларында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар нәтийжелигин асырыў,мәмлекетлик жоқары оқыў орынларыныӊ финанслық турақлы раўажланыўын тәмийнлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелеринде еркинликке ерисиў, илимий-изертлеўлер алып барыўда финанслық имканиятларды кеӊейтириў ҳәмде жоқары оқыў орынлары ортасында бәсеки орталығын жаратыў бойынша имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Семинарға экономика факультети профессор-оқытыўшылары қатнасты ҳәм өзлериниң сораўларына жуўаплар алды.

Экономика факультети декан орынбасары  А.Закимов

Пайдалы дереклер