«Ўатан сүйиӯшиликти ҳақыйқый исенимге айландырайык» атамасында химия-технология факультетинде онлайн ушырасыӯ кешеси өткерилди
Химия-технология факультети деканы, Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары, тьюторлар ҳәм студентлер менен онлайн түринде сәӯбетлесиӯ өткерилди.
Бул ушырасыӯды химия-технология факультети деканы Б.Нурымбетов ашып берип, жаслар ушын әҳмийетли болған мәселелер әтирапында сөз етти.
Онлайн сәӯбетлесиӯде Миллий гвардия басқармасы хызметкери Есбосынов Нурбол қатнасып, Ўатан сүйиӯшилик сезимин ҳақыйқый исте көрсетип бериӯде нелерге итибар қаратылыӯы керек деген сораӯ әтирапында пикирлерин билдирип өтти. Ол жасларымызды У́атанды сүйиу́шилик пенен бирге У́атанға шын кеу́илден хызмет етиу́ге шақырды.


Студент жаслар мийманымызга өзлериниӊ таярлаған қутлықлаӯларын, тақмакларын ҳәм музыкалы гитара менен «Әскер» ҳаққында қосық айтып жуӯмаклады.
Химия-технология факультети тьюторы Гаухар Ибраймова.