Бүгин 2022 -жыл, 22 -январь күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳам орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен «Оқыў орынларында руўхый- ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин асырыў» бағдарындағы семинар болып өтти. Семинарға республикадағы барлық жоқары оқыў орынларының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый- ағартыўшылық ислери бойынша проректорлары ҳәм жоқары оқыў орынлары ректорларының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери, сондай-ақ, факультет деканларының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери қатнасты.
Семинарда Жоқары ҳам орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң руўхый-ағартыўшылық тәрбия басқармасы баслығы Норим Раҳманов, усы басқарманың жетекши қәнигеси Дилдора Солихўжаева ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасынан Ў.Ўтаевлар сөз сөйлеп, оқыў орынларындағы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеслериниң тийкарғы ўазыйпалары, ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм ғамхорлықлар, сондай-ақ ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, гендер теңлиги, ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў , сондай-ақ студент- қызлардың тәлим – тәрбиясына байланыслы мәселелер бойынша өзлериниң пикир- усынысларын билдирди.


Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларында Жоқары ҳәм орта арнаўды билимлендириў министрлигиниң арнаўлы буйрығы менен ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кенес баслықларының статусы көтерилгенлиги, яғный ректор мәсләҳәтшиси ҳәм де факультетлердеги ҳаял-қызлар кеңеси жетекшилериниң декан мәсләҳәтшиси дәрежесине көтерилгени, оларға қосымша үстемелер берилиў мәселеси, сондай-ақ аудиториялық оқыў саатларында белгиленген тәртипте қысқарыўлар болып атырғанлығы – ҳаял-қызлар кеңеси баслықларының келеси ўақытларда студент –қызлар менен жумыс алып барыўда булар өз нәтийжесин беретуғынлығы ҳаққында айтып өтилди. Ҳаял-қызлар кеңеси жумысларын еле жанландырыў , оқыў орынларындағы ҳаял- қызлар, студент қызлар менен үзликсиз түрде жақыннан ислесиў, әсиресе имканияты шекленген, социаллық жәрдемге мүтәж , жетим, шын жетим қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў , олар менен мәнзилли түрде ислеў ҳәм көмек бериў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.


Семинарға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң де Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси жәмәәти де белсенди қатнасты.

Инжайым Сейтназарова –
ҚМУ Ректорының
ҳаял-қызлар мәселелери
бойынша мәсләҳәтшиси