Тарийхшы илимпазлар пикир алысты

Усы жылдыӊ 21-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов басшылығында республикамыздағы Жоқары оқыў орынлары тарийхшы профессор-оқытыўшылары менен тарийхшы илимпазлардың қатнасында пикир алысыӯ болып өтти.

Онда (Рустамбек Шамсутдинов, Шоди Каримов, Уктамжон Убайдуллаев «VATAN TARIXI»  «ШАРҚ» баспасында 2010-жылы  ҳәм кейинги нусқасы 2016-жылы баспадан шыққан оқыў қолланба есабында усынылған китабы) усы авторлар тәрепинен жазылған қолланбада уллы тарийхый тулғаларымыздың бири Ерназар Алакөз бабамыз туўралы надурыс пикирлери тарийхшы илимпазлар тәрепинен талықланды.

Қарақалпақстан тарийхшы илимпазлары жоқарыдағы мәселелер бойынша өз мүнәсибетин билдирип, қызғын пикир алысыўлар болды.

 

Бул китапта тийкарсыз айтылған пикирлердиң ҳеш қандай тарийхый дәреклерге тийкарланбағанлығын, бул авторлар Қарақалпақ халық батыры Ерназар Алакөз ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болмастан, билдирилген пикирлер надурыс екенлигин тарийхшы илимпазлар дәлиллеп, анық мағлыўматлар менен атап өтти.

Пикир алысыӯда бир қатар усыныслар берилди:

«VATAN TARIXI» қолланбасы авторларына Ерназар Алакөз ҳаққында билдирилген пикирлерин қайта көрип шығыӯ ҳәм усы билдирилген пикирлери тарийхый ҳүжжетлерге тийкарланған ҳалда сапластырыӯ;

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасындағы барлық Жоқары оқыӯ орынларында усы авторлардыӊ  «VATAN TARIXI» қолланбасын оқытыӯ процеси, сондай-ақ, китап ҳәм оныӊ электрон версиясын Мәлимлеме ресурс орайларынан алып тасланыўы усыныс етилди.

Сондай-ақ, пикир алысыўда Өзбекстан Республикасы Жоқары оқыӯ орынлары бойынша тарийх пәнинен жаңадан оқыў қолланбаларын таярлаўда республикамыздағы тарийхшы профессор-оқытыўшылар ҳәм илимпазлар белсене қатнасып, өз пикирлерин берип барыўы керек екенлиги де көрсетип өтилди.

ҚМУ Баспасөз хызмети

Пайдалы дереклер