Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитария -эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлықты сақлаў орайы усынысына тийкарланып коронавирус инфекциясының жаңа штаммы балалар ҳәм жаслар ортасында тарқалыўы көбейип баратырғаны ушын барлық жоқары (мәмлекет, мәмлекетлик емес, жеке меншик ҳәм шет ел) тәлим мәкемелери, академиялық лицейлерде (барлық тәлим формалары ҳәм түрлери бойынша) усы жылдың 24-январынан баслап бир ай мүддет даўамында тәлим алыў системасы аралықтан (онлайн) алып барылмақта. Бунда тәжирийбеден келип шыққан ҳалда онлайн тәлим процесси сапалы тәризде шөлкемлестирилип, барлық зәрүр илажлар кѳрилмекте.
Сол қатарда Экономика факультетинде студентлерге мазмунлы сапалы билим бериў мақсетинде профессор-оқытыўшылар тәрепинен бир қанша жумыслар алып барылмақта. Факультетимиздиӊ «Улыўма экономикалық пәнлер» кафедрасы доценти, тәжирийбели устаз Даўлетмуратов Адилбай Мырзабаевич тәрепинен 26-январь күни Экономикалық теория пәнинен 1-курс студентлерине «Исбилерменлик хызмети ҳәм исбилерменлик капиталы» атамасында онлайн лекция сабағы болып ѳтти.
Онлайн сабақта студентелер исбилерменлик тараўы ҳаққында бир қанша мағлыўматларға ийе болды.


Экономика факультети декан орынбасары А.Закимов