Физика факультетинде бакалавр бойынша бес бағдар ҳǝм магистратура бойынша еки қǝнигеликте зийрек, билимли, талапшаң жаслар билим алып келмекте. Физика, электр энергетика, энергетика, электр техника, метрология бакалавр бағдарларында жǝми 1401 студент болып, олар ҳǝзирде толық онлайн оқыў процессине актив қатнаспақта. Факультетте 4 кафедра болып, 3 профессор, 14 доцент ҳǝм елиўден аслам оқытыўшылар жасларға сапалы билим берип ҳǝм кǝсипке бағдарлап, маман кадрлар болып жетилисиўинде билим ҳәм талапшаӊлығы менен илим сырларын үйретип келмекте.
Оқыў процесси 2 сменада шɵлкемлестирилип, бунда профессор-оқытыўшылар Zoom платформасы арқалы видеоконференция шɵлкемлестирип лекция, ǝмелий, семинар ҳǝм лаборатория сабақларын презентация ҳǝм қосымша программалар арқалы түсиникли ҳǝм мазмунлы етип жеткерип бермекте. Сабақ соңында студентлер ɵзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алмақта. Тǝжирийбели профессор-оқытыўшыларымыз онлайн сабақларды шеберлик пенен ɵтип атыр. Студент жаслар пǝнлер бойынша ɵзлерине керек болған барлық ǝдебиятларды ҳǝм электрон ресурсларды moodle.karsu.uz сайтынан алып пайдаланбақта.
Онлайн оқыў процесси 24-февраль сǝнесине шекем режелестирилген болып, карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда оқыў процесси үзликсиз даўам етеди. Студент жасларымызды ҳәр күнги онлайн сабақларға үзиликсиз қатнасыӯына шақырып, излениўден, билим алыўдан ҳеш қашан шаршамаң деп устазлық мәсләҳәтимизди беремиз.



Деканның оқыў ислери
бойынша орынбасары Бижанов А.К.