Бүгин, 28-январь күни Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасында Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясының жойбарын талқылаў бойынша семинар болып өтти. Семинарда ҚМУ “Улыўма экономикалық пәнлер” кафедрасы баслығы, профессор Г.Утемуратова Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясының жойбарының 7 бағдар 94 мақсеттен ибарат екенлигин көрсете отырып, миллий экономиканы раўажландырыў, оның өсиў пәтлерин заман талаплары дәрежесинде тәмийинлеўге қаратылған 3-бағдары бойынша кең түрде түсиниклер берди. Талқылаў барысында Миллий гвардия хызметкерлери Раўажланыў стратегиясы бағдарында белгиленген мақсетлерге ерисиў бойынша өз усынысларын ислеп шығыў зәрүрлиги көрсетилди.

