Қысқы жуўмақлаўшы баҳалаўларда коррупцияға жол жоқ

Химия-технология факультетинде әҳмийетли мәселелер әтирапында мәжилис өткерилип, бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.

 Мәжилисти Кеңес баслығы – Химия-технология факультет деканы Б.Нурымбетов ашты ҳәм мәжилис қатнасыўшыларын күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырып өтти. Қарақалпақстан Республикасының Әдиллик минисрлиги бас қәнигеси Насиба Кутлымуратова өз сөзинде бүгинги күнде коррупция тек ғана жынаят ҳуқықының яки криминологияның машқаласы емес, ал коррупция қурамалы сиясий, экономикалық ҳәм әдеп-икрамлылық мазмунға ийе болған кең көлемли машқала екенлигин айтып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы ПФ-5729-санлы Пәрманында 8-бәнтиниң орынланыўы бойынша «Жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиўди жетилистириў ҳәм «Коррупциясыз тараў» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылған еди. Бунда тийкарынан жоқары билимлендириў тараўларында коррупция қәўип–қәтерлерин анықлаў ҳәм баҳалаў, жоқары билимлендириў тараўына тийисли норматив–ҳуқықый ҳүжжетлердеги коррупцияға тийисли нормаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, жоқары билимлендириў тараўларында жәмәәтшилик қадағалаўын күшейтириў механизмлерин жаратыў, жоқары билимлендириў мекемелери ортасында коррупцияға қарсы рейтингин жәриялаў ҳ.т.б.да әҳмийетли әмелге асырылатуғын ис илажлар келтирилген. Мәжлисте студент жаслар арасында тәртип-интизам, оқыў процессин жетилистириў, өзгеше топарлар студентлери арасындағы ҳәр түрли унамсыз иллетлерди қадағалаў, студентлердиң тәртип-интизамына, онлайн сабақларға қалмастан қатнасыўына, социаллық сайтларда сөйлеў ҳәм сөйлесиў   мәдениятына, кредит модуль ҳәм ZООМ платфоормасындағы сабақларға таярланыўына бос ўақытларын мазмунлы өткериўине үлкен итибар бериў, ЖОО ҳәм  ҚМУ ниң социаллық сайтларында әмелге асырылып атырған жәмийетлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық иләжларына белсене қатнасыў, дәмегөйшилик, парахорлық иллетлерине қарсы гүресиў, тийисли шара-илажлар көриў кереклигин айтып өтти.

Факультет деканы Б.Нурымбетов факультеттиң ҳәр бир тьютор ҳәм профессор-оқытыўшының жуўапкершиликти сезинген ҳалда коррупциясыз тәлим бағдарларына қәдем басыў кереклигин, қысқы сессияны әдил өткериў кереклигин айтып өтти.

 

Химия-технология факултети тьюторы А. Шерниязов

Пайдалы дереклер