Бүгин, 1-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ташкент қаласындағы Ёджу техника институты илимий инновациялар проректоры Жамшид Каниев, декан Илҳом Мамаюнусов ҳәм кафедра баслығы Акмал Рустамовлар мийманда болды.
Ушырасыӯ даӯамында еки тәреплеме бирге ислесиӯди раӯажландырыӯ бойынша өз-ара келисип алынды.
Студентлер ҳәм профессор-оқытыӯшылар алмасыӯы бағдарында бирге ислесиӯ жолға қойылады.
Университетте Ташкент қаласындағы Ёджу техника институты тәрепинен «Кредит-модуль системасыныӊ тийкарғы ӯазыйпалары» темасында университеттиӊ профессор- оқытыӯшыларына семинар-тренинг шөлкемлестирди.
Семинар-тренинг барысында жоқары билимлендириӯде нәтийжеге ерисиӯ ушын оқытыӯшыныӊ билим дәрежеси, студент талабы, оқыӯ әдебиятлар мазмуны ҳәм еркин билим үйрениӯди қәлиплестириӯге айырықша итибар бериӯ керек деген пикирлер билдирилди.

