Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар кеӊеси басламасы менен «Жаӊа Өзбекстанныӊ 2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясыныӊ мазмун-әҳмийети»н түсиндириўге бағышланған семинар өткерилди.



Семинарда тийисли тараў қәнигелеринен:
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Улыўма экономикалық пәнлер кафедрасы баслығы, эканомика илимлери кандидаты, профессор Утемуратова Гулнара – Инсан қәдирин улығлаў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин жәнеде раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиўин жеделлестириўди тәмийнлеў барысында әмелге асырылыўы режелестирилген реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Миллий идея, мәнәўият тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы, сиясий илимлер докторы, доцент Байриева Алмагул – мәнәўий раўажланыўды тәмийнлеў ҳәм тараўды жаӊа басқышқа алып шығыў тараўында әмелге асырылыўы көзде тутылған жаӊалықлар менен таныстырды.
Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасы докторанты С.Аманиязова Өзбекстанда әдалатлы ҳәм нызам үстинлиги принцплерин раўажланыўдыӊ еӊ тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў, Өзбекстан қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў хызметлерин күшейттириў, ашық, прагматик ҳәм белсенди сыртқы сиясат алып барыў процессинде норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер менен таныстырып өтти.
Археология кафедрасы доценти, тарийх илимлери кандидаты Туреева Гулсара-Миллий мәплерден келип шыққан ҳалда глобаллық машқалаларға жантасыў, сондай-ақ билимлендириў тараўында киритилип атырған жаӊа өзгерислер ҳаққында санлық мағлыўматлар менен түсиндирип берди.
Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси, филология илимлери кандидаты, доцент Сейтназарова Инжайым тәрепинен Раўажланыў стратегиясыныӊ 69-70 мақсетлери ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардыӊ жәмийет өмириндеги белсенди қатнасын тәмийнлеў, Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў бойынша әмелге асырылатуғын ис-иләжлар ҳаққында кеӊнен мағлыўмат берди.

Семинар қатнасыўшылары тәрепинен сораў-жуўаплар, пикир ҳәм усыныслар берилип, жуўаплар алды.
ҚМУ, Ҳаял-қызлар мәселелери
бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова

