Инглис тил билими кафедрасы мектеплерде мастер класс  шөлкемлестирди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-майдағы «Өзбекстан Республикасында шет тиллерди үйрениўди ғалабаластырыў жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ -5117-санлы қарарының 9.3.- бәнтинде Қарақалпақстан Республикасында шет тиллерди үйрениў бойынша ғалабаластырыўды әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған  илажлар бойынша инглис тил билими кафедрасы профессор-окытыўшылары университетке бириктирилген Шоманай районы №9 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби, Хожели районы №15 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби, Нөкис районы №1 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби, Әмиўдәрья районы №16 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби, Қанлыкөл районы №1 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби, Қоңырат районы №35 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби, Тахтакөпир районы №3 санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеплеринде инглис тил билими кафедрасы профессор-оқытыўшылары менен болған ушырасыў да олардың илтимасларына ҳәм анықланған машқалаларына байланыслы  талап қылынған темаларға байланыслы семинарлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ мектеп оқытыўшылары ушын  Аптис имтиханына таярлық көриў семинары шөлкемлестирилди.

Инглис тил билими кафедрасы профессор-оқытыўшылары заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда , соңғы жаңалықларды есапқа ала отырып ҳәр бир бириктирилген мектеплерде мастер класслар  шөлкемлестирди.

Сондай-ақ, жоқардағы 7 район мектеплери оқыўшылары арасында ҳәр қыйлы шет тилин билиў дәрежесин анықлаўға  бағдарланған жарыслар шөлкемлестирилиўи режелестирилди.

Буннан тысқары Zoom программасы жәрдеминде ҳәм телеграм группалары ашылып, инглис тилинен мәсләҳәт ҳәм сабақлар алып барылды.

 

Дильфуза Бадирова

Инглис тил билими кафедрасы

 

 

Пайдалы дереклер