Студентлер әмелият дәўиринде үгит-нәсиятлаў илажларына белсенди қатнаспақта

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2022-жыл 24-январь күнги №95 S/5 буйрығы тийкарында Миллий идея, мәнаўият тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдары 2-курс «а», «б» бакалавриат (жәми 45 студент) ҳәм 2 «в» (екинши қәнигелик), (жәми 13 студент) студентлери 24-январдан – 19-февраль аралығында оқыў жобасына муўапық турақлы жасаў мәнзиллериндеги Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими сондай ақ, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң, қала ҳәм район бөлимлеринде, ҳәкимликлерде қәнигелик әмелиятын өтеў ушын жиберилген еди.


Бүгинги күнде бул студентлер әмелият барысын инабатлы атқармақта. Атап айтқанда Самарқанд, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Республикамыздың пайтахты Нөкис қаласы, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Хожели, Шоманай, Қанликөл, Қоңырат, Мойнақ, Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районларында тийисли қәнийгелер менен биргеликте студент әмелиятшылар мәмлекетимизде быйылғы «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда төмендеги илажларды әмелге асырыўда белсенди қатнасып атыр;
– Мәмлекетимизде инсан қәдирин жоқарылатыўға ҳәм басқа да, үгит-нәсиятлаў илажларын шөлкемлестириўде,
– МПЖ турғынлары ҳәм мектеп оқыўшылары ата-аналары менен идеологиялық иммунитетти беккемлеўге қаратылған илажларда,
– Жаслардың бос ўақытын, пайдалы ҳәм мазмунлы шөлкемлестириў,
– Мәҳәллелердеги жәмлеспеген жасларға менен бирге ислесиў,
– Бирге ислесиўши, мәкеме, басқарма ҳәм шөлкемлердиң жумыс барысын, атқаратуғын хызметлерин үйрениў,
– Бөлимлерге келетуғын нызам, қарар ҳәм пәрманлар менен терең танысыў, ис ҳүжжетлери менен ислесиў,
– Бөлимлерге келген пуқаралардың мүрәжатлерин үйрениў барысында қатнасыў, оларды анализлеў, мониторинг, мүрәжатшилердиң руўхый-психологиялық ҳалатын үйрениў ҳәм олар менен мәмиле мәдениятына сай сәўбет алып барыў,
– Жаңа исбилерменлик субъектлерин дизимге алыў ҳәм олардың жумыс барысын үйрениў арқалы жумыссыз жаслар ушын усы орынларды семинарлар өткериў илажларына бириктрилген тараў қәнигелери менен биргеликте жумыс ислеп, тәжирийбе асырмақта.

Миллий идея, мәнаўият тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы: А. Байриева

Пайдалы дереклер