Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 3-курс студенти Дадахон Раймбоев Қазақстан Республикасы Нур-Султан қаласында ҒМДА мәмлекетлери арасында болып өткен «Жылдың ең жақсы жас алымы» халықаралық таңлаўда 15 мәмлекет ишинен Миллетлер ара татыўлық, қәўипсизлик мәселелери жөнелиси бойынша 1-орын жеңимпазы болып диплом ҳәм медаль менен сыйлықланды.
Таңлаўға 2000 нан аслам қатнасыўшылар қатнасқан болса студентимиз Дадахон Раймбоев өзиниң жөнелисинде бириншиликти қолға киргизди.

Студентлерди қоллап-қуўатлап турған университет ректоратына, деканаты, билим менен бирге руўхый мәдет берип турған профессор-оқытыўшылары ҳәмде илимий басшысы Яқыпбек Генжемуратовқа студентимиз өз миннетдаршылығын билдирип, «Усындай устазларымыз бар екен, биз белсиндиликти ҳасла тоқтатпаймыз» – дейди жас алым.

Оның бир қатар илимий-публицистикалық мақалалары тек ғана республикамызда емес Россия, Англия, Ҳиндистан, Италия, Мыср мәмлекетлериндеги журналларында жәрияланып келинбекте.
Дадахон Раймбоевты бул жеңиси менен бизлерде қутлықлаймыз ҳәм алдағы оқыўларында, илимий-дөретиўшилик жумысларында тасқын табыслар тилеп қаламыз.
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети
жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов