ҚАРАҚАЛПАҚ ФИЛОЛОГИЯСЫ ҲӘМ ЖУРНАЛИСТИКА ФАКУЛЬТЕТИНДЕ АТА-АНАЛАР МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

2022-жылы 10-февраль сәнесинде Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-баспа иси бакалавр тәлим бағдарында оқып атырған студентлердиң ата-аналары ушын мәжилис өткерилди.
Мәжилисти факультет деканы Қ.Турдыбаев ашып берди.  Ол өз сөзинде мәжилис қатнасыўшыларына быйылғы оқыў жылында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Ш.Мирзёевтың Жоқары оқыў орынларындағы оқыўдың сапасын еледе жетилистириў ҳәм оны раўажландырыў бағдарындағы шығарылған қарарлары, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги тәрепинен шығарылған нызамлар, университет ректорының буйрықлары ҳәм университет ишки тәртип қағыйдалары ҳаққында ата-аналарға кең түрде түсиник берип өтти.

Факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов топар студентлериниң оқыўдағы үлгериўшилиги, оқыўда белсенде оқып жәмийетлик жумысларда өзиниң жетискенлиги бар студентлерге хошаметлеў үстеме стипендиясының бар екенлиги ҳаққында ата-аналарға түсиндирип өттип.


Соң топар тьюторы И.Турсынбаев студентлердиң гүзги семестриндеги үлгериўшилик ҳәм студентлердиң сабақларға қатнасы ҳаққындағы таярлаған презинтациясын усынды. Оқыўда белсенди қатнасып киятырған студентлердиң ата-аналарына деканат тәрепинен таярланған миннетдаршылық хатылары тапсырылды.


Жыйналыс соңында ата-аналар өзлериниң қызықтырған сораўларына деканат ҳәм тьюторынан өзлерине тийисли жуўапларын алды.

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети
жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов

Пайдалы дереклер