Усы жылдың 12-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Химия-технология факультети қасында шөлкемлестирилген илимий семинардың гезектеги мәжилиси болып өтти. Семинарды факультет деканы Б.Нурымбетов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм алып барды. Семинар Zoom дәстүри арқалы өткерилди.
Мәжилис күн тәртибинде 2022-жылы 17-февраль күни ӨзР ИА Улыўма ҳәм органикалық емес институты қасындағы илимий дәрежелер бериўши DsC.02/30.12.2019.K/T.35.01 санлы илимий кеңес тәрепинен талапкер Номозова Гулмира Рахматуллаевнаның «Қурамында сырт актив зат тутқан комплекс тәсир қылыўшы хлоратлы дефолянтлар алыў технологиясын ислеп шығыў» атамасындағы 02.00.13-Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы қәнигелиги бойынша техника илимлери философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усыныс етилген диссертация жумысын жетекши мәкеме ретинде талқылаў болып есапланады. Семинар даўамында талапкер Г.Номозова шығып сөйлеп, диссертацияныӊ тийкарғы мазмуны ҳәм алынған нәтийжелери бойынша мағлыўмат берди. Соң баянатшыға семинар ағзаларынан профессор М.Алланиязова, доцентлер Б.Танирбергенов, М.Айымбетов, Б.Хожаметова, Р.Қурбаниязов, Д.Турениязова ҳәм басқалар сораўлар берип, тийисли жуўапларын алды.


Семинар жуўмағында диссертация жумысы өз бетинше орынланған, жуўмақланған илимий изертлеў жумысы екенлиги, илимий ҳәм әмелий әҳмийетке ийе екенлигин есапқа алып, техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын қорғаўға усыныс етилди.

Химия-технология факультети
2-курс студенти Г.Чимбергенова