Китапқа муҳаббат, оны қәдирлеў, оқыўға талпыныў халқымыздың әзелден қанына сиңип кеткен. Халқымыз илим ҳәм пән, әдебият ҳәм мәдениятқа тийисли бийбаҳа қолланбалары, илимий мийнетлери менен мақтаныш етеди. Китапханада болсаңыз халқымыздың уллы алымлары, ақыл ғәзийнесин жаратқан данышпанлардың қолжазбаларын китап ҳалына келтирип, оларға мәңги ѳмир бағышлаған авторлар мийнетин кѳриўимизге болады.
Тарийхқа нәзер салсаңыз ата-бабаларымыз китапты кѳз қарашығындай асыраған. Олар китап бетлерине дақ түсирместен, китап сақланатуғын орын мейли китапхана болсын, мейли үй болсын ол жер муқаддес саналған, ҳәр қандай китап ең пәк, ең жоқары орынларға қойылған.
Ҳәр жылы 14-февраль күни дүнья кѳлеминде «Халықаралық китап саўғаға етиӯ күни» (International Book Giving Day) ѳткериледи.

Тарийх факультети деканы, т.и.к., доцент С.Сулайманов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары тәрепинен Ғ.Хожаниязовтың илимий искерлиги ҳәм мийнетлерине арналған илимий методикалық қолланбалары ҳәм китаплары Қараөзек районы №1-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры М.Оразымбетовқа салтанатлы түрде тапсырылды.
Китапқа болған ҳәўес китапқумарларымызды, керек болса айырым шығармаларды тәкирар ҳәм тәкирар оқыўға алып келеди. Немис шайыры Ф.Геббл: «Оқылған китапларды тәкирар оқыў саўатханлықтың ең исенимли тәрезиси есапланады» деп айтқан еди.
Бундай ийгиликли ислер ѳз гезегинде жасларымыздың кәмил инсан болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе болып, олардың руўхый байлығын асырып, мийнет ҳәм дѳретиўшилик жолға баслайды. Китап ѳмирдиң уллылығын аңлаўға, пикирлеў қәбилетиниң раўажланыўына жәрдем береди.



Қарақалпақ мәмлекетлик университети,
Тарийх факультети
Тьюторлары Қ.Нажимов., Б. Ибадуллаев