Қараөзек районы кәсип-өнер мектебиндеги ушырасыўда әҳмийетли мәселелер сөз етилди

Университеттиң профессор-оқытыўшылары қатнасында Қараөзек районы кәсип-өнер мектебинде  өткерилген ушырасыўда әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

 Тарийх факультети деканы С.Сулайманов, Математика факультети Кафедра баслығы Б.Самандаров ҳам Юридика факультети оқытыўшылары Т.Абуллаев, Г.Пирниязова, С.Аманиязовалар Қараөзек районы кәсип-өнер мектебинде болып, оқыўшы жаслар, оқытыўшыларға ҳаял-қызлар ҳуқықлары, еркинлери, мәмлекетимиздеги алып барылып атырған гендер теӊлиги сиясаты бойынша мағлыўматлар берип, бүгинги күнде ҳаял-қызлардыӊ социал-экономикалық, сиясий турмыстағы тутқан орны, мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар менен жақыннан таныстырып өтти. Сәўбет барысында оқыўшы ҳәм оқытыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Буннан соӊ Қараөзек  районы аўыл пуқаралар жыйыны баслығыныӊ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери менен ушырасып, Президентимиз тәрепинен қабылланған «2022-2026-жылларға  мөлшерленген  Жаӊа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы»ныӊ ҳаял-қызлар ҳуқықларын тәмийнлеўде тутқан орны бойынша сәўбетлесиўлер алып барды. Ушырасыў қатнасыўшылардыӊ пикир алысыўлары менен қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.

Пайдалы дереклер