Бес баслама шеӊберинде университетте бүгинги күнде улыӯма 104 ҳәр қыйлы атамадағы дөгерек, клублар ҳәм спорт секциялары жумыс ислеп тур. Солардан пән дөгереклери 46, спорт секциялары ҳәм дөгереклер саны 18 (Волейбол қыз,ер бала, Баскетбол, Стол тенниси, Киши футбол, Гандбол қыз,ер бала, Гимнастика, Шахмат-шашка, Бадминтон, Жеӊил атлетика, миллий гүрес, Футбол ), ҳәм 18 руӯхый-ағартыӯшылық дөгереклер бар, усы системаныӊ жумыслары нәтийжелилигин асырыӯ бойынша ис-илажлар режелери ҳәм жол картасы ислеп шығылып, әмелге асырылып келинбекте.

Биринши баслама жаслардыӊ музыка, сүӯретшилик, әдебият, театр ҳәм көркем өнериниӊ басқа түрлерине қызығыӯшылықларын асырыӯ, қәбилетин жүзеге шығарыӯ шеӊберинде 3 клубта 258 ағза, 2 дөгерекке 84 ағза, студентлер ушын 400 орынлыққа ийе Мәденият сарайы турақлы хызмет көрсетеди.
-Университет үлкен кән. Жаслар вулкандай атылып тур. Мәселен, әпиӯайы полат сымнан да, ҳәтте, әпиӯайы жиптен де әжайып қол мийнетин жаратып атыр. Бундай жаслардыӊ ертеӊги келешегине үлкен исеним қараймыз, әлбетте. Жаӊа Өзбекстанныӊ жасларын университет жаслары мысалында көремиз. Студент жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлап атырған университет жәмәәтине миннетдаршылық билдирсеӊ арзыйды, -дейди Қарақалпақстан Республикасы телерадио компаниясы жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық көрсетиӯлер бас редакциясыныӊ бөлим баслығы Зульфия Жаббарбергенова.


