Жаслар арасында илимге умтылыўшыларын қоллап-қуўатлаў, қәнигелик тараўларға болған қызығыўшылығын ҳәзирден қәлиплестириў мақсетинде мектеп оқыўшы жаслары арасында ушырасыўлар даўам етпекте.
Қараѳзек районы ҳәкими жәрдемшиси Ж.Утебаев ҳәм Жаслар жетекшиси Ѳ.Сулаймановлар менен биргеликте Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир қатар факультетлери Қараөзек районы Бердақ АПЖ да жайласқан №10-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, Тарийх, Юридика, Математика ҳәм Экономика факультети жәмәәти ағзалары қатнасында 2022-жыл 17-февраль күни мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшы жаслары қатнасында ушырасыў болып ѳтти.
Ушырасыўды Қараѳзек районы ҳәкими жәрдемшиси Ж.Утебаев кирис сѳз бенен баслады ҳәм ѳз сѳзинде университет пенен бирге ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер ҳаққында сѳз етти.

Буннан соң факультет деканлары сѳзге шығып, олар тәрепинен «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкарланып ислеп шығылған жети тийкарғы бағдардан ибарат 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның мақсети ҳәм ўазыйпалары және оның мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.

Ушырасыў барысында тараў қәнигелери тәрепинен оқыўшыларды қызықтырған бәрше сораўларға тийисли жуўаплар берилди.
Ушырасыў соңында 10-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Бахтыгүл Бауетдиноваға университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен шығарылған илимий китаплар, илимий методикалық қолланбалар салтанатлы түрде тапсырылды.
Юридика факультети
Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары
ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы
ассистент оқытыўшысы Т.Абуллаев