Бүгин, 18-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Бес баслама-бес имканият» атамасында медиатур болып өтти.
Медиатурды шөлкемлестириӯдеги мақсет Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға сүрилген әҳмийетли 5 баслама бойынша университет көлеминде алып барылып атырған жумысларды республикамыздағы Ғалаба хабар қураллары арқалы кеӊнен сәӯлелендириӯден ибарат. Сондай-ақ, усы әҳмийетли баслама шеӊберинде исленип атырған жумыслардыӊ барысы менен журналист ҳәм блогерлерди жақыннан таныстырыӯ арқалы олардыӊ пикир-усыныслары менен бөлисиӯ ҳәм еле де нәтийжели жумыслары әмелге асырыӯ болып табылады.
Медиатурға республикамыздағы Ғалаба хабар қураллары ӯәкиллери, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген журналист, Өзбекстан Журналистлери дөретиӯшилик аӯқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер аӯқамы баслығы Кеӊесбай Реймов, Қарақалпақстан Халық шайыры, «Әмиӯдәрья» журналыныӊ бас редакторы Халила Дәӯлетназаров, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген журналист Жолдасбай Нурыллаев, Қарақалпақстан Халық жазыӯшысы, «Туризм ҳәм спорт» газетасыныӊ бас редакторы Алланазар Абдиев, Өзбекстан Миллий Ахборот агентлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Дауыт Абибуллаев, «Нурлы жолы» газетасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы ҳәм «Тақыятас хабарлары» газетасыныӊ бас редакторы Тилеӯхан Шамекова, «Хожели ҳақыйқаты» газетасыныӊ бөлим баслығы Фурқат Өтемуратов ҳәм бир қатар журналистлер қатнасты.
Университетимиздиӊ руӯхый-ағартыӯшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректоры Сахауатдин Алауатдинов ҳәр бир басқыш бойынша алып барылып атырған жумыслар тийкарында түсиндирип өтти.



