⚡️ Жаслар мәнаӯиятын жоқарылатыӯ олар ортасында китапқумарлықты кеӊ үгит-нәсиятлаӯ бағдарында (Төртинши баслама тийкарында)

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Жаслар мәнаӯиятын жоқарылатыӯ олар ортасында китапқумарлықты кеӊ үгит-нәсиятлаӯ бағдарында жақсы жумыслар жолға қойылған.

Университетимиздиӊ руӯхый-ағартыӯшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректоры Сахауатдин Алауатдинов  төртинши баслама тийкарында студент жасларымызға жаратылған шараятлар ҳәм алып барылып атырған жумыслар  тийкарында кеӊ түрде түсиник берди.

Әҳмийетли бес басламаныӊ төртинши басламасы жаслар мәнаӯиятын жоқарылатыӯ, олар ортасында китапқумарлықты кеӊ үгит-нәсиятлаӯ бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириӯ шеӊберинде 1 клубта 825, 2  дөгеректе 1200  ағза бар.

 

 

Пайдалы дереклер