Екинши баслама жасларды физикалық шынықтырыӯ, олардыӊ спорт тараӯындағы қәбилетин жүзеге шығарыӯ ушын зәрүр шараятлар жаратыӯ шеӊберинде 1 кулбта 9200 ағза, 10 дөгеректе 2541 ағза, 1 Спорт сарайы, 1 Спорт манежи бар.
-Университет -бул Қарақалпақстандағы еӊ абыройлы ҳәм жетекши оқыӯ орны есапланады. Спорт халықаралық көлемдеги жарыслар болып, бул халқымыздыӊ ар-намысын қорғайды. «Сап денеде сап ақыл» деген. «Бес баслама» -ол сондай имканият, жасларымыздыӊ дүньялық көлемдеги жетискенликлерге ақ қосыӯы ушын жаратылып берилип атыр. Бугинги студентлер халықтыӊ ертеӊги басшылары, педагоглары. «Мыӊ қосшыдан бир басшы» деген. Усындай спорт пенен шуғылланған, заманагөй билимге жаслардан ана Ўатаным деген пидайы перзентлер жетисип шығады.
Көкирегинде оты бар ҳәр бир адам қарақалпақстанлы жаслардыӊ спорттағы жетискенликлери менен қуӯанады. Бундай жетискенликке әнейилик пенен ерисилмейди. Бул жасларымыздыӊ жигерлилигин, устазлардыӊ устамлылығын көрсетеди.
«Бес баслама-бес имканият» жаслардыӊ ҳәр тәреплеме жетискенликке ерисиӯинде ҳақыйқый жақсы нәтийже деп билемиз. Мен жасларымыздыӊ келешеги ушын исленип атырған усындай жумыслардан қатты толқынланып кеттим. Бул ушын университет басшыларына мыӊ мәрте рахмет айтамыз, дейди Қарақалпақстан Халық шайыры, «Әмиӯдәрья» журналыныӊ бас редакторы Халила Дәӯлетназаров.

-Университет жасларыныӊ спорттағы жетискенликлери әлбетте, оғада үлкен мақтаныш. Олар менен бүгинги өткерилип атырған медиатурда жақыннан танысып, көп мағлыӯматлар алып атырмыз, дейди «Хожели ҳақыйқаты» газетасыныӊ бөлим баслығы Фурқат Өтемуратов.

