Усы жылдыӊ 21-февраль күни Нѳкис қаласы Жаслар Орайында “Сенатор ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шѳлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаторы Б.Дж.Матмуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Л.П.Сейтова шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы” атамасындағы китабының мазмун-мәниси, соның менен бирге, жақында ғана қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы ҳаққында кең түрде тоқтап өтти.
Илаж даўамында Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының, соның ишинде, университетте билим алып атырған зийрек жасларға сенаторлар тәрепинен билим булағы саналған китап саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.



ҚМУ Баспасөз хызмети